Аннотация. В этой статье рассматривается важность использования внеклассных работ и планировании их на уроках географии.
Ключевые слова: кружковые работы по географии, конференции по географии, клубы по географии, географические вечера, воспитание, урок.
Жиемуратова Гулхан Утемуратовна
Қорақалпоғистон Республикаси
халк таълими ходимларини кайта тайёрлаш ва
уларнинг малакасини ошириш институти
«Табиий ва аниқ фанлар таълими»
кафедраси катта ўқитувчиси
Нукус шахари
Жиемуратова Г.У.
Старший преподаватель
Института переподготовки и повышения квалификации
работников народного образования
Республики Каракалпакстан
ГЕОГРАФИЯ ПӘНИН ОҚЫТЫЎДА КЛАССТАН ТЫС ЖУМЫСЛАРДЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎДИҢ ӘҲМИЙЕТИ
ОРГАНИЗАЦИЯ ВНЕКЛАССНЫХ РАБОТ В ПРЕПОДАВАНИИ ГЕОГРАФИИ
THE ORGANIZATION OF EXTRACURRICULAR ACTIVITIES IN GEOAGRAPHY LESSONS
Аннотация. Мақолада география дарсларида синфдан ташқари ишлар мазмуни, турлари ва уни режалаштириш ва ўтказиш буйича маълумотлар берилган.
Таянч сўзлар: география тугараклари, география конференциялари, география клублари, география кечалари, тарбия, дарс.
Аннотация. В этой статье рассматривается важность использования внеклассных работ и планировании их на уроках географии.
Ключевые слова: кружковые работы по географии, конференции по географии, клубы по географии, географические вечера, воспитание, урок.
Resume. This article research the importance of using extracurricular activities and planning them in teaching geography.
Key words: extra curricular work of geography, geography conferences, geography clubs, geography events, up bringing, lesson.
Мектеплерде класстан тыс жумысларды өткериў оқытыўдын илимий дәрежесин көтериўде үлкен әҳмийетке ийе. Алдынғы оқытыўшылардын ис-тәжирийбелеринде оқыўшылардын пәнге, түрли кәсиплерге болған қызығыўшылығын көпшилик жағдайларда класстан тыс жумысларын қәншелли нәтийжели шөлкемлестирилгени менен байланыслы екенлигин көриўимиз мүмкин. Класстан тыс жумыслары бул оқыўшылардын сабақ даўамында алған билимлерин еледе тереңлестириў мәқсетинде өткерилетуғын илажлар жыйнағынан ибарат десекте қәтелеспеймиз яғный дәстүр талап еткен көп ғана билимлерди класстан тыс жумысларда алыўы мүмкин. Класстан тыс жумыслар ишинде оқыўшылар өз үлкелерин үйрениў жағдайында тек ғана география бәлким тарийх, биология, әдебият, экономика пәнлерине де тийисли билимлерди ийелейди. География сабақларында класстан тыс жумыслар жүдә ҳәр қыйлы. Бүгинги күни оқытыўшылардың тәжирийбелеринде ҳәм көпшилик мектеплерде класстан тыс жумысларының төмендеги түрлери кең тарқалған. Олардан: география дөгереги, география клублары, география конференциялары, география олимпиадалары, географиялық кешелер ҳ.т.б. Бул класстан тыс жумысларының белгили дәрежеде өзине тийисли айырмашылықлары бар болып есапланады. Бүгинги күни оқытыўшылар класстан тыс жумысларының бир түри географиялық кешелерди көп пайдаланып келмекте. Географиялық кешелер класстан тыс жумысларының кең тарқалған түрлериниң бири болып бул тек ғана географиялық билимлер менен қуралландырып қоймастан бәлким олардың излениўшилигин, пәнге болған қызығыўшылығын асырады. Кешелерди өткериўде географиялық ойынлар ҳәм қызықлы сораўлардан пайдаланыўда, оқыўшыларда тәбият ҳәм жәмийетке тийисли қызықлы фактлер, түсиниклер, көнликпелерди қәлиплестириў керек болады. Географиялық кешелер оқыўшылар ортасында бирге ислесиў, ойлаў, пикирлеў көнликпелерин раўажландырады. Мен өз тәжирийбемнен келип шыққан ҳалда географиялық кешениниң өткериў усылын көрсетип өтпекшимен. Бул 4-этаптан ибарат болып оқыўшылар санына қарай еки топарға бөлинеди. Ҳәр бир топар өзлери ойласқан ҳалда топарларына ат қояды ҳәм сәрдарлар сайланады.
1-этап. «Дурыс-надурыс» шынығыўы. Бул шынығыў оқыўшыларда тапқырлықты, зийрекликти, логикалық ойлаў ҳәм пикирлеўлерин раўажландырады. Бунда текст қатарлары араластырылып оқылады ал қатнасыўшылар дурыс жуўапты жасыл карточка ал надурыс жуўапларды қызыл карточкалар арқалы көрсетеди. Бул шынығыў баҳаланбайды.
Шынығыў жуўмағында оқытыўшы дурыс жуўапларды береди. Жуўаплар слайд арқалы да көрсетилиўи мүмкин.
Жоқарыдағылардың барлығы надурыс
Булардың барлығы дурыс.
2-этап
Топарлар жарысы. Бунда қатнасыўшылар тез ойланып шаққан жуўап бериўге ҳәрекет етеди. Сораўлар избе-из оқылады ал қатнасыўшылар усынылған сораўларға избе-из жуўап береди ҳәм дурыс жуўапқа 10-баллдан берилип барылады.
Сораўлар:
3-этап
Сырлы сандық
Бул этап «Сырлы сандық» деп аталады. Бунда кишкене еки қутыша қойылады. Қутыша ишиндеги предметке сыпатлама бериледи ҳәм қатнасыўшылар ойланыўға бир минут ўақыт бериледи. Дурыс жуўап берген командалар 10-балл менен баҳаланады.
1-сандық. Бул дерлик 2500-жыллық тарийхқа ийе. Буны бизге Европадан алып келген. Ўатаны Қубла Америка. Буннан 300-ден аслам аўқат турлери таярланады. Халықтын арасында буны «Екинши нан» деп те бийкарға атамаған. Буны ҳәр ким ҳәр турли етип атаған. Мысалы: Инглизлер «потато», голландлар «ардантель», французлар «пом-де-тер», ал финлер болса «тарту» деп атаған. Буны бизде не деп айтамыз? (картофель)
2-сандық. Арқа Африкада жасайтугын халыктын тийкаргы наны. Буның тойымлылығы жағынан хеш бир мийуе тен келмейди. Оның курамында 70% қант, 1% май, 6% белок моддаси, ҳәм баскада витаминлер бар. Жапырақлары әййемги Мысрда өзине тан календарь ўазыйпасын да өтеген. Араблар көбинесе арпа унына косып оннан нан писиреди, ҳәр кыйлы аўқатлар таярлайды. Шақалактың бесиги, келиншектин орамалы усынын менен безеледи. Бул тийкарынан Арқа Африка ҳәм Азиянын кубла-батысындагы еллерде жетилистиреди. Сахраи Кабирдың айырым жерлеринде ол елеге шекем пул ўазыйпасын өтеп келмекте. Бул сандыкта не болыўы мумкин. (Қурма)
4-этап
Сардарарлар жарысы. Бунда сардарларга сораўлар бериледи ҳәм ҳәр бир сораў ушын 1-минут ўақыт бериледи. Дурыс жуўапларға 10-баллдан қосылады.
Соңында барлық баллар жуўмақластырылып жеңиске ерискен топарлар сыйлықланады. Бундай кешелерди шөлкемлестириў оқыўшылардың өз үстинде ислеўине ҳәм өз бетинше излениўине мүмкиншиликлер туўдырады, интелектуаллық мәдениятын өсиреди. Солай етип класстан тыс жумыслардың нәтийжели жуўмақланыўы оны туўры шөлкемлестириўден басланады. География оқытыўшыларына бундай жумысларды шөлкемлестириў оқыўшылар менен бирге жақыннан ислесиўге мүмкиншилик жаратады. Олардың пәнге болған қызығыўшылығын арттырыў имканиятына ийе болады.
Пайдаланған әдебиятлар: