Аннотация. Развивать художественный вкус, творческую деятельность школьников, вооружив их знаниями о приёмах художественной техники и направив их в профессиональную деятельность.
Ключевые слова: профориентация, воспитание, изобразительное искусства, урок.
Смайлова Г.Ю.
Қорақалпоғистон Республикаси
халк таълими ходимларини кайта тайёрлаш ва
уларнинг малакасини ошириш институти
«Амалий фанлар ва мактабдан ташқари таълим»
кафедраси катта ўқитувчиси
Нукус шахари
Смайлова Г.Ю.
Старший преподаватель
Института переподготовки и повышения квалификации
работников народного образования
Республики Каракалпакстан, г.Нукус
СУЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИ САБАҚЛАРЫНДА ОҚЫЎШЫЛАРДЫ КАСИП ӨНЕРГЕ БАҒДАРЛАЎ
ПРОФЕССИОНАЛЬНАЯ ОРИЕНТАЦИЯ УЧАЩИХСЯ НА УРОКАХ ИЗОБРАЗИТЕЛЬНОГО ИСКУССТВА
PROFESSIONAL ORIENTATION OF LEARNERS IN АRT LESSONS
Аннотация. Санъатни бадиий идрок этиш, ижодий кобилиятларини ривожлантириш, уларни хар хил методлар оркали бадиий таъминлаш ва касб хунарга йўналтириш.
Таянч сўзлар: касб хунар, тарбия, тасвирий санъат, дарс.
Аннотация. Развивать художественный вкус, творческую деятельность школьников, вооружив их знаниями о приёмах художественной техники и направив их в профессиональную деятельность.
Ключевые слова: профориентация, воспитание, изобразительное искусства, урок.
Abstract. Тo develop artistic taste, creative activity of schoolchildren, to provide schoolchildren with the methods of artistic techniques and direct them into professional activity.
Keywords: Imitative arts, profession, school, education, lesson, subject.
Суўретлеў өнеринен класстан тыс жумысларды шөлкемлестириў улыўма орта билим бериў мектеплеринде айрықша орынды ийелейди. Олар көркем өнердиң Суўретлеў өнери, амелий қол өнери, ҳам, гулалшылық сыяқлы турлери бойынша амелге асырылады.
Дөгерек шынығыўлары тийкарынан оқыўшылардың дөретиўшилик жумыслар алып барыўында методикалық жардем бериў бағдарында алып барылады. Оқыўшылар ушырасыўларда, көргизбелерде, көрик таңлаўларда, ҳар қыйлы кешелерде қатнасады. Бул бағытта оқыўшылардың эстетикалық көркем дөретиўшилик қабилетлери раўажланады. Суўретлеў өнери, амелий қол өнери гулалшылық бойынша шөлкемлестирилетуғын дөгереклер улыўма орта билим бериў мектеплериниң барлық классларынан қамтып алынады. Олар киши (1-4- класслар) орта (5-7-класс) ҳам улкен (8-9-класслар) топарларынан шөлкемлестириледи ҳам олар реңсуўрет, ҳайкелшилик, графика, нағысшылық, мискерлик, кестешилик, ағаш оймакарлыгы дөгереклери есапланады.
Дөгереклер суўретлеў өнериниң қалеген жанры бойынша алып барылады. Дөгереклер ҳар бир мектепте суўретлеў өнериниң турлери, топарлар бойынша бир ямаса бир неше болыўы мумкин. Улыўма орта билим бериў мектеплеринде дөгерек басшыларының тийкарғы итибары төмендегилерге қаратылады.
Дөгереклер суўретлеў өнери ҳам қол өнериниң қайсы жанры болыўына қарамастан ол амелий ҳам теориялық бөлимлерден турады.
Амелий қол өнерине (нағысшылық, ағаш оймакарлиғи, мискерлик, кестешилик) дөгереклерге балалар нағыс улгилеринен көшириў, өз бетинше композиция дузиўлер киреди.
Суўретлеў өнериниң турлери бойынша реңсуўрет (Живопись), ҳайкелшилик (Скульптура) ҳам қалемсуўрет (Графика) дөгереклери шынығыўларында композициялар ислеў ушын көбирек ўақыт бериледи. Балалар суўретлеў өнериниң барлық жанрлары (пейзаж, турмыслық, натюрморт, тарийхый, анимал, портрет) бойынша өз бетинше композиция ислеўди. Көркем шығармалардан улгилер көшириў менен шуғылланади. Оқыўшылар адебий шығармаларға иллюстрациялар ислеў менен бирге көркем безеў жумыслары бойынша да тапсырмаларды орынлайды.
Натураға қарап яғный заттың өзине қарап суўрет салыў шынығыўларында оқыўшылар өзлериниң жаслары ямаса топарларына қарап суўрет салады. Бунда тийкарынан оқыўшыларға натура қойылады, мысалыға: улкен топарлар ушын геометриялық денелерден дузилген натюрморт ямаса уй буйымларынан дузилген натюрморт. Муғаллим постановканы қояды ҳам оқыўшыларға теориялық тусиниклер берип, амелий жумысты баслаўына рухсат береди.
Композиция шынығыўларында оқыўшыларға қызықлы болыўы ушын пейзаж ҳам турмыслық жанрлардан тыс тарийхый, батал жанрларда «Муканна қозғаланы» сыяқлы темалары бойынша суўрет салыў усыныс етиледи. Дөгерек жумысларын алып барыў. Суўретлеў өнери ҳам амелий қол өнеринен теориялық билимлер дөгереклердиң турине қарап апиўайы ямаса қурамалы мазмун ҳам көлемде бериледи.
Кешениң темасы тийкарынан қызықлы болғаны мақул. Маселен, ол белгили художник ямаса белгили өнермент устаның туўылған куни мунасибети арнап өткерилиўи мумкин. Кеше суўретлеў өнериниң жарқын жулдызлары болған Камолиддин Беҳзод, Леонардо Да Винчи, Рембрад Ван Рейн, Илья Репин, Чингиз Ахмаров сыяқлы художниклер, Уста Шийрин Мурадов, Ж.Изентаев сыяқлы халық амелий өнер усталарының турмысы ҳам дөретиўшилик жумысларына арналған темалар, кешелер ушын жақсы материал болыўы мумкин.
Кешелердиң өткерилиўи дөгерек ағзаларының касипке бағдарланыўында улкен тасирин тийгизеди ҳамде кешени өткериўде мектептиң суўретлеў өнери дөгерегиниң ағзалары аҳмийетли ролди атқарады. Буған район, қаладағы белгили художниклер, қатнасыўы мумкин. Соның менен бирге кешени өткериўде мектептиң музыка, адебият, суўретлеў өнери, мийнет муғаллимлери ҳам дөгерек ағзалары қатнасқаны мақсетке муўапық. Олар кешеде қосықлар, айтыслар, спектакллерден узиндилер, саҳнани безеўши стендлер таярлаўда қатнасадылар. Кешениң темасы менен байланыслы болған көргизбе, көрик таңлаў, викториналар шөлкемлестирилсе мақсетке муўапық болады. Соны есимизден шығармаўымыз керек, кешени өткериўде мектеп басшылары тарепинен оны баҳалаў ушын төрешилер қурамы дузиледи. Кешеге қатнасыўы тийис болған барлық оқыўшылар қатнасады ҳам кешениң сценарийсы ҳам ис режеси дузилип өткериледи.
Мектеплерде ең жақсы исленген суўрет, мусин, амелий қол өнери улгилерине тийисли жумыслар ушын көрик таңлаўлар оқыўшылардың дөретиўшилик жумысларында йошлы илҳам ҳам оларда улкен қызығыўшылық оятады. Ең аҳмийетлиси оқыўшылардың дөретиўшилик жумысларының раўажланыўына кең жол ашып береди ҳам еркин жумыс ислеўине уйретеди. Көрик таңлаўлар тек ғана оқыўшылардың дөретиўшилик жумыслары бойынша өткериледи.
Тийкарынан, баслаўыш (1-4 классларда) өрта (5-7) классларда, улкен (8-9 классларда) топарларға бөлинеди. Көрик таңлаўда белгиленген темалар бул топарлар ушын жасларына сай таңлап алынады.
Көрик таңлаў ушын төмендеги темалар оқыўшыларда улкен қызығыўшылық оятады «Гарезсизлик куни» «Улкемизде Наўрыз», «Озбекстон гөззал улке», «Озбекстан уатаным мениң», «Басқа планеталарда», «Суў асты дуньясы», «Хасыл байрамы», «Мениң суйген касибим», «Куяшлы Карақалпақстаным» ҳ.т.б. Көрик таңлаў тек ғана мектепте емес, ол район, республика көлеминде өткерилиўи мумкин.
Суўретлеў өнеринде викториналар шөлкемлестириў оқыўшыларды өз бетинше жумыс ислеўге уйретеди. Суўретлеў өнери бойынша саяхатларға шығыў, музейлерге барыў, художниклердиң устаханаларына, мусиншилик естеликлерине саяхатқа барыў шөлкемлестириледи. Натийжеде балалар көркем өнер шығармаларының туп нусхалары менен танысадылар. Албетте бундай саяхатлар шөлкемлестириў ушын муғаллим ҳам оқыўшылар улкен таярлықлар көреди. Алдын ала ис реже дузип алады. Художниклердиң устаханаларына саяхатқа барғанда олардың турмысы ҳам дөретиўшилик жумыслары, келешектеги режелери ҳаққында айтып береди. Художниклердиң өзлериниң дөреткен жумыслары ҳаққында айтып бергенде ҳам жумысларын көрсеткенде оқыўшылардың суўретлеў өнерине деген қызығыўшылығы жанеде артады.
Режеде саяхаттың қай жерде шөлкемлестирилиўи ҳам оған қашан барыўы, ол жерде нелер көрилиўи кереклиги, ким менен нелер ҳаққында саўбетлесиў кереклиги ҳаққында жазылады. Саяхаттан кейин оқыўшылар муғаллим менен саяхаттан алған тасирлери ҳаққында пикир алысады. Улкен көлемдеги көргизбелер шөлкемлестиргенде белсене қатнасқан оқыўшылар мектеп басшылары тарепинен руўхый ҳам материаллық жақтан хөшаметленеди.
Демек, қызығыўшылық, қабилет ҳам инта натийжесинде, олар мектепте ийелеген теориялық билимлерин амелият пенен байланыстырыў мақсетинде өзлери таңлаған орта арнаўлы касип өнер колледжлериниң «Художник-безеўши», «Графика» сыяқлы қанигеликлерине оқыўға тапсырып оқыўды даўам еттириў бахтына миясар болады.